Сөйлесиўлерде инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди
кеңейтиў, еки тәрептиң исбилермен топарлары арасындағы тиккелей байланысларды
беккемлеў перспективалары көрип шығылды.
Медицина ҳәм денсаўлықты сақлаў, медициналық туризм, қурылыс, заманагөй
қурылыс ҳәм пардозлаў материалларын ислеп шығарыў, алдынғы технологияларды
локализациялаў тараўларындағы биргеликтеги басламаларға айрықша итибар
қаратылды.
25-26-сентябрь күнлери Нөкис қаласында болып өтетуғын Халықаралық
инвестициялық форумда ҚХР СУАР ўәкиллериниң қатнасыўы айрықша додаланды.
Ушырасыў жуўмағында биргеликтеги жойбарларды буннан былай да әмелий
жақтан ислеп шығыўдан еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.