Өзбекстан және бир рейтингте 45 баллға көтерилди

    3 мамыр 2025 836

    Халықаралық электр байланысы аўқамының “ICT Regulatory Tracker” рейтингинде Өзбекстан 45 баллға көтерилди ҳәм G 3 дәрежесине көтерилип, Орайлық Азияда ең жоқары орынға шықты.

    Бул ҳаққында Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов өзиниң социаллық тармақларындағы бетлеринде мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, Халықаралық электр байланыс аўқамы (ITU) тәрепинен 2025-жыл ушын жәрияланған “ICT Regulatory Tracker” рейтингинде Өзбекстан сезилерли жетискенликке еристи. Мәмлекет бул рейтингте 2020-жылы 27,5 балл менен G1 дәрежесин иелеген болса, 2022-жылы 45 балл менен G2 нәтийжесин атап өткен.

    2024-жылға келип, Өзбекстан өз нәтийжесин 27,5 баллға арттырып, 72,5 балл көрсеткишине еристи ҳәм G2 дәрежесинен G3 дәрежесине көтерилди ҳәм улыўма 2020-жылдан берли 45 баллға жоқарылады.

    Буның менен Өзбекстан Орайлық Азия регионында G3 дәрежесине ерискен бирден-бир мәмлекетке айланды. Бул болса мәмлекеттиң МКТ тараўындағы глобал бәсекиге шыдамлылығын арттырады және халықаралық бирге ислесиў ҳәм инвестицияларды тартыў имканиятларын кеңейтеди.

    Бул көрсеткиш Өзбекстанның мәлимлеме-коммуникация технологиялары (МКТ) тараўындағы тәртипке салыў орталығын раўажландырыў, санлы экономиканы қәлиплестириў ҳәм инновациялық реформаларды әмелге асырыў бойынша алып барып атырған сиясатының нәтийжелилигин тастыйықлайды.

    Мағлыўмат ушын: ICT Regulatory Tracker — бул ITU тәрепинен ислеп шығылған баҳалаў механизми болып, мәмлекетлерде МКТ тараўын тәртипке салыў дәрежесин 50 ге шамалас индикаторлар тийкарында баҳалайды. Рейтинг ҳәр еки жылда жаңаланып, дүнья мәмлекетлериниң санлы трансформациядағы раўажланыў дәрежесин салыстырыў имканиятын береди.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates