Өзбекстан жас дзюдошылары Европа кубогинде улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи

    Түркияның Стамбул қаласында жаслар арасында " European Cup – 2025" турнири болып өтти.

    Дзюдо федерациясының мағлыўматына бола, онда Өзбекстан жаслар сайланды командасы мүнәсип қатнасты.

    Дүньяның 30 мәмлекетинен келген 500 ден аслам жас дзюдошылар қатнасқан жарыста Аселхан Аралбаева ҳәм Умида Нигматова өз салмақ категорияларында алтын медальға ийе болды. Финалға шекем өткен беллесиўлерде Дилшодбек Ҳамроев (-66 кг) гүмис медаль менен сыйлықланған болса, Бунёд Сафаров (-73 кг) қола медалын қолға киргизди.

    Өзбекстан жаслар сайланды командасы 2 алтын, 1 гүмис ҳәм қола медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи. Биринши орынды ийелеген Бразилия сайланды командасы да биз сыяқлы 2 алтын медальға ийе болды. Бирақ олар гүмис медальлар саны көплиги есабынан улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates