Равшан Ҳайдаров басшылығындағы командамыз ҳәзирги ўақытта "С" топарында Корея менен биргеликте 4 очко топлаған. Бүгинги беллесиўдеги жеңис ўәкиллеримизге топар жетекшиси сыпатында шерек финал жолламасын береди.

Параллель ушырасыўда Иран ҳәм Ливан жаслар сайланды командалары өз-ара күш сынасады.

Жарыс регламенти бойынша, Өзбекстан Корея Республикасын жеңсе, "С" топарында 1-орын менен шерек финалға шығады. Параллель беллесиўде Ливанның жеңиси де командамыздың кейинги басқышқа шығыўына хызмет етеди.

Егер Иран Ливанды жеңсе, Корея менен ойындағы теңбе-тең нәтийже де командамызды кейинги басқышқа алып шығыўы мүмкин.

Регламентке тийкар:

Өзбекстан - Корея Республикасы ойынында голлы теңбе-теңлик (1:1, 2:2, 3:3) дизимге алынса, параллель беллесиўдеги нәтийжеге қарамастан, Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы шерек финалға жол алады (өз-ара ойынлардағы урылған голлар есабына бола).

Егер 0:0 есабындағы теңбе-теңлик белгиленип:

Иран Ливанды кеминде еки топ айырмашылығы менен жеңсе - Иран кейинги басқышқа шығады.

Иран Ливанды бир топ айырмашылығы менен жеңсе (1:0, 2:1) - Өзбекстан шерек финалға жол алады.

Иран 3:2 есабында жеңсе, топлар қатнасы теңлеседи ҳәм Өзбекстан ҳәм Иран ортасында сары-қызыл карточкалар саны есапқа алынады.

Мағлыўмат ушын, 3-турдан орын алған барлық ушырасыўлар Ташкент ўақты менен 16:30 да бир ўақытта басланады. Өзбекстан жаслар сайланды командасы Корея Республикасына қарсы ақ формада, дәрўазаманымыз болса қара формада майданға шығады.

Ушырасыў Саудия Арабстанының Риёд қаласындағы «Prince Faisal Bin Fahd» стадионында болып өтеди.