Өзбекстан - Аўғанстан бирге ислесиўиниң үлгиси сыпатында "Дослық бағы" қурылады

    Өзбекстан - Аўғанстан аграр бирге ислесиўиниң әмелий үлгиси сыпатында Аўғанстан аймағында "Дослық бағы" қурылады.

    Аўыл хожалығы министрлигиниң хабар бериўинше, усы жылдың 30-апрель күни Аўғанстанға аўыл хожалығы министриниң орынбасары Жамшид Абдузухуров ҳәм басқа да жуўапкерлерден ибарат Өзбекстан делегациясы хызмет сапарын әмелге асырды.

    Сапар шеңберинде делегация Аўғанстан Аўыл хожалығы, ирригация ҳәм шарўашылық министрлигиниң басшылары менен сөйлесиўлер өткерди. Ушырасыў даўамында тәреплер аўыл хожалығы тараўында еки тәреплеме бирге ислесиў перспективалары, тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары бойынша пикир алысты.

    Усы сапар етиў шеңберинде Өзбекстан-Аўғанстан аграр бирге ислесиўиниң әмелий үлгиси сыпатында Аўғанстан аймағында "Дослық бағы"н қурыў режелестирилген жер майданы - 100 гектар аймақ көзден өткерилди.

    "Дослық бағы" жойбары шеңберинде заманагөй агротехнологиялардың енгизилиўи, еки мәмлекет аграр тараўы қәнигелериниң биргеликте жумыс алып барыўы нәзерде тутылған.

    Жойбар арқалы Аўғанстан аймағында интенсив бағшылық раўажландырылып, мийўе жетистириў потенциалының артыўы, жергиликли халық ушын жаңа жумыс орынларының жаратылыўы ҳәм регионда турақлы экономикалық өсиў ушын тийкар жаратылыўы күтилмекте.

    Бул баслама Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы дослық қатнасықлар, өз-ара ҳүрмет ҳәм пайдалы бирге ислесиў тийкарында раўажланып атырған еки тәреплеме байланыслардың әҳмийетли көриниси болып есапланады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates