Өзбекстанда 37 млн данадан аслам мийўели терек нәли егилди

    17 шілде 2025 2657

    Усы жылдың 30-июньине шекем 40 105 гектарға 37 миллион 281 мың мийўели терек нәли егилди.

    Бул ҳаққында Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги Мәлимлеме хызметиниң баслығы Сабина Садинова мәлим етти.

    Сондай-ақ, 10-июль ҳалатына шекем атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапында 39 мың гектар майданға аўыл хожалығы егинлериниң туқымлары егилди.

    Таллаўларға бола, 3-4 жылдан соң атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданлардағы мийўели тереклерден жылына орташа экспортқа жарамлы 280 мың тонна өним алынып, кептирилген ҳәм музлатылған ҳалда 70 мың тонна өнимди экспорт етиўди әмелге асырыў мүмкин.

    Сондай-ақ, 40 мыңнан аслам фермер ҳәм дийқан хожалығы және 32 мыңға шамалас халық қыйтақ жер ийелериниң қатнасыўында 3,5 мыңнан аслам семинар-тренинглер өткерилип, қарардың мазмун-мәниси, өним жетистириўшилер кооперацияларын қәлиплестириў, Европа мәмлекетлерине кептирилген шабдал, алма, ерик ҳәм басқа да туқымлық мийўелерди эекспорт етиўде Армения тәжирийбеси үйренилди.

    Карантин агентлигиниң 2 291 хызметкери 8 498 мәҳәлледе ҳәм 866 исбилерменлик субъекти жетистирилген өнимлерди кепилликли сатып алыў ушын бириктирилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates