Мағлыўматларға бола, 2025-жылдың 8-апрель жағдайына Өзбекстанның турақлы халқы 37 708 861 адамды қураған.
Соннан:
Ҳаяллар саны - 18 718 679 адам.
Еркеклер саны - 18 990 182 адам
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда жәми қамсызландырыў хызметлериниң көлеми 10 триллион сумды қураған. Бул 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,6 триллион сумға көп.
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 114,8 триллион сумды қураған.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстан 31 сырт мәмлекеттен улыўма баҳасы дерлик 28,9 миллион АҚШ долларына тең болған дерлик 12,2 мың тонна балық ҳәм теңиз өнимлерин импорт еткен.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың 1-январь жағдайына бола, Өзбекстанда халықтың шыпакерлер менен тәмийинлениў дәрежеси 10 мың халыққа 28,6 шыпакерди қурайды.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда ири кәрханалар тәрепинен 34,3 триллион сумлық кийим-кеншек ислеп шығарылған. Бул 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 32,9 процентке көп.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанның импорт көлеми 37,5 миллиард АҚШ долларын қураған. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда импорт 16,9 процентке артты.





