Өзбекстанда жетистирилген мийўе-овош өнимлери Швецияға тиккелей експорт етиледи

    Бизнес 7 желтоқсан 2024 419

    Өзбекстан елшиханасы жәрдеминде Швеция Миллий саўда кеңеси тәрепинен жаңа мийўе-овош өнимлерин жеткерип бериўге бағышланған вебинарда мәмлекетимиздиң жетекши экспортшы компанияларының ўәкиллериниң қатнасыўы шөлкемлестирилди.

    Швеция ҳәм улыўма Скандинавия мәмлекетлери базары мийўе-овош өнимлерин экспорт етиў ушын тартымлы болып, бул мәмлекетлердеги импорт баҳалары дүньядағы орташа көрсеткишлерден жоқарылығы менен ажыралып турады.

    Илажда Өзбекстанда жетистирилетуғын мийўе-овош өнимлери Швецияға тийкарынан Нидерландия, Испания ҳәм Италия мәмлекетлери арқалы кирип киятырғаны мәлим болды. Сол себепли, келешекте тиккелей экспорт товарларын жеткерип бериў мақсетинде Стокголм ҳәм Хелсинборг қалаларында азық-аўқат ҳәм мийўе-овош ушын қоймаханалар ҳәм саўда үйлерин ашыў усыныслары билдирилди.

    Шведсиялы шериклер жаңа мийўе-овош өнимлериниң импорты ушын талап етилетуғын тариф ҳәм тариф емес илажлар, ири саўда тармақлары менен ислесиў тәртиби бойынша презентация өткерди.

    Вебинар даўамында, сондай-ақ, Швеция Миллий саўда кеңесиниң «Open Trade Gate» бағдарламасы шеңберинде өзбекстанлы киши ҳәм орта бизнес ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў және экспортёр компаниялар хызметкерлериниң кәсиплик потенциалын арттырыў мәселелерине де итибар қаратылды, деп хабар береди "Дунё" ХА.