Ташкент педиатрия медицина институты клиникасының балалар кардиохирурги Бобур Тураев 6 жасар баланың зыянланған үш қабатлы клапанын алып таслап, орнына жүректиң оң бөлмеше қулақшасынан клапан ислеў әмелиятын әмелге асырды.
Бул қурамалы хирургиялық операция елимизде биринши мәрте әмелге асырылды. Ҳәзирги күнде бундай операция тек ғана ең раўажланған медицина орайларында ғана өткериледи.
Еслетип өтемиз, Бобур Тураев 2018-2019-жылларда "Эл-юрт умиди" қорының стипендиаты сыпатында Уллы Британияның University College London университетинде магистратура басқышында билим алған, 10 ға шамалас раўажланған мәмлекетлердиң емлеўханаларында тәжирийбе арттырған, 20 ға шамалас илимий мақалалардың (PubMed, Scopus, Google scholar) авторы, 1000 нан аслам наўқас балаларда жүрек операцияларын табыслы әмелге асырған.









