Атап өтилиўинше, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен 2025-жыл ушын тастыйықланған халықаралық тән алынған шөлкемлердиң (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Nigher Education, Academic Ranking of World Universities) рейтингинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында биринши 1000 орынды ийелеген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизими тастыйықланды.
Бул дизим 2025-жыл ушын жәрияланған болып, ҳәр жылы жаңаланып турады.
Мағлыўмат ушын, ТОП-1000 жоқары оқыў орынларын питкерген студентлердиң дипломлары Өзбекстанда имтихан сынақларысыз тән алынады (нострификацияланады).