Илажда Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм IUCN арасында "Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (“Green University”) имаратында IUCN офисин ашыў ҳаққында бирге ислесиў келисимине қол қойылды. Бул келисим офис жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў және өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.
Жоқары дәрежедеги илажда Орайлық Азия ҳүкиметлери, халықаралық шөлкемлер, илимий жәмийетшилик ҳәм пуқаралық секторы ўәкиллери қатнасты. Жаңа офис региондағы барлық бес мәмлекет - Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанға тәбиятты қорғаў, биологиялық ҳәр түрлилик ҳәм климат турақлылығын тәмийинлеўдеги тийкарғы бағдарларын алға қойыўға хызмет етеди.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында избе-из ҳәм кең көлемли экологиялық сиясат алып барылып атырғаны, бул мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўының әҳмиетли структуралық бөлегине айланғанын атап өтти.
"Biz CAREC, IFAS, CAMI, Рамсар басламасы ҳәм басқа да платформалар сыяқлы регионаллық басламалардың белсенди қатнасыўшыларымыз, бул бизге ҳәрекетлерди бирлестириў имканиятын береди. Усы көзқарастан, Өзбекстан Тәбиятты қорғаў халықаралық аўқамы менен биргеликте тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал регионның барлық бес мәмлекетинде екологиялық басламаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Регионаллық офис ашқанын мақтаныш пенен атап өтиў мүмкин. Қалаберди, офистиң Орайлық Азиядағы екология ҳәм климат өзгериўи бойынша қәнигелескен биринши университет болған “Green University”де жайласыўы тосыннан емес, ал стратегиялық қарар. Бул студентлер, илимпазлар, изертлеўшилер ҳәм IUCN жәмәәти ушын биргеликте ислеў ҳәм регионаллық илажларда қатнасыў ушын имканият жаратады," - деди министр.
А.Абдуҳакимов, сондай-ақ, офистиң ашылыўы Өзбекстанның регионаллық бирге ислесиўге умтылысы, билим алмасыў ҳәм тәбиятты сақлаў жолында биргеликте ҳәрекет етиўдиң тымсалы екенин айрықша атап өтти.
"Биз Ташкентте Өзбекстан ҳәм пүткил Орайлық Азия менен бирге ислесиўимизди беккемлеў белгиси болған IUCN офисиниң рәсмий ашылыўын белгилеп атырғанымыздан қуўанышлымыз. Өзбекстан ҳүкиметине болса терең миннетдаршылық билдиремиз, - деди IUCN Бас директоры, доктор Гретел Агилар. - Бул офис биокөптүрлиликти сақлаў, экосистемаларды тиклеў ҳәм климат өзгериўине шыдамлылықты арттырыў ушын ийинлес болып ислеўге садықлығымызды сәўлелендиреди. Қорғалатуғын аймақлар системасын қоллап-қуўатлаў ҳәм регионаллық қарым-қатнасты хошаметлеўден баслап, сиясат тийкарларын жаратыў ҳәм тәбиятты қорғаў бойынша әмелий жойбарларды әмелге асырыўға шекем биз тәбият ҳәм инсанлардың турақлы келешеги ушын Орайлық Азия ҳүкиметлери ҳәм халқы менен бирге ислесиўге таярмыз".
“Green University”де турақ жай, офис, сондай-ақ, IUCN ағзалары менен синергия орнатады, бирге ислесиў ҳәм билим алмасыў ушын жаңа имканиятлар жаратады. Офистиң ашылыўы Өзбекстанда 2025-жылды "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы деп жәрияланыўы менен бир ўақытқа туўра келеди ҳәм бул ҳүкиметтиң турақлылыққа итибар қаратып атырғанын атап өтеди.
Орайлық Азияда IUCN басламалары қоршаған орталықты басқарыў ҳәм қорғалатуғын аймақларды қоллап-қуўатлаўдан баслап, тәбиятқа тийкарланған шешимлер ҳәм биологиялық ҳәр түрлилик ҳәм климат өзгериўине интеграцияласқан қатнасларға шекем өзгерип турады. Ландшафтты режелестириў ҳәм басқарыўда экосистема ҳәм инсан саламатлығын бирлестиретуғын "Тәбиятты қорғаўда бирден-бир саламатлық" басламасы да бар. “Blue Peace Central Asia 2.0” жойбары суў мәселелери бойынша трансшегаралық бирге ислесиў ҳәм регионда гидропломатияны раўажландырыўға жәрдем береди. Өзбекстанда ФОЛУР киши компонент жойбары баҳалы тәбийғый экосистемаларды тиклеў ҳәм жерден турақлы пайдаланыўға жәрдем береди.
Бул жойбарлар IUCNның илим, сиясат ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған тәбиятты қорғаўға интеграцияласқан, тармақлараралық қатнасын сәўлелендиреди. Жаңадан тайынланған регионаллық координатор Дмитрий Горшков басшылығындағы Орайлық Азия командасы IUCN бағдарламаларын әмелге асырады ҳәм муўапықластырыў және билим ушын регионаллық орай ўазыйпасын атқарады. Офис миллий ҳәм регионаллық мәпдар тәреплерди глобал қураллар ҳәм стандартлар, соның ишинде, IUCN Қызыл дизими, IUCN қорғалатуғын аймақлардың жасыл дизими ҳәм Тәбиятқа тийкарланған шешимлер ушын IUCN Global standarti™ менен байланыстырады.
Орайлық Азиядағы ўәкилханасының ашылыўы менен IUCN тәбиятты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў бойынша узақ мүддетли шерик сыпатындағы ролин күшейтеди, Кунминг-Монреал Глобал биокөптүрлилик Бағдарламасы мақсетлерине ерисиў, биокөптүрлиликтиң жоқ болып кетиўин тоқтатыў ҳәм қайта тиклеў бойынша глобал ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайды.