"Дүнья" ААның хабар бериўинше, сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Латвия еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм транспорт-логистика бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Латвия тәрепи Өзбекстанды Орайлық Азия регионындағы тийкарғы шериги сыпатында көретуғынын атап өтти. Сондай-ақ, мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў жеделлескени ҳәм еки тәреплеме товар алмасыў көлеми артқаны атап өтилди.

Ушырасыў даўамында, сондай-ақ, "Uzbekistan Airways"тиң Ташкент-Рига жөнелиси бойынша пәрўазлар санын арттырыў, авиакомпаниялар арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, Азия жөнелисинде қоспа рейслерди ислеп шығыў, электрон коммерцияны жеделлестириў ҳәм мәмлекетимизде Латвия почтасының ўәкилханасын ашыў имканиятлары көрип шығылды.