Өзбекстанда нақ пул айланысы өспекте

    25 шілде 2025 2621

    2025-жылдың январь-июнь айларында мәмлекетте улыўма пул түсимлери 491 триллион сумды қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 27 процентке көп.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Орайлық банки мәлим етти.

    Таллаўларға бола, есап бериў дәўиринде терминал арқалы түсимлердиң үлеси 43 процентти қурап, 2024-жылдағы 41 проценттен өскен. Соның ишинде, саўда ҳәм хызметлер тараўындағы терминал түсимлериниң үлеси 45 проценттен 48 процентке көтерилгени атап өтилген.

    Нақ пул айланысы ҳәм оның қурамы.

    2025-жылдың биринши ярымында банклер арқалы әмелге асырылған нақ пул айланысы 563 триллион сумға жетти. Бул көрсеткиш 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 23 процентке артқан. Айланыста 277 триллион сум түсим сыпатында белгиленген болса, 286 триллион сум нақ пул шығыслары сыпатында дизимнен өткен.

    Нақ түсимлер қурамында сезилерли өзгерис бақланбаған. Атап айтқанда:

    • товарларды сатыўдан түсимлер үлеси - 33 процент,
    • төлемли хызметлер - 37 процент,
    • салық ҳәм мәжбүрий төлемлер - 13 процент,
    • басқа түсимлер - 12 процент,
    • банк хызметлери - 2 процентти қурады.

    Нақ пул қәрежетлери қалай бағдарланбақта?

    Нақ пул шығынларында банк карталарынан алынған нақ пуллар 45 процент,

    кәрхана ҳәм шөлкемлердиң мийнет ҳақы төлемлери 23 процент,

    пенсия ҳәм напақа төлемлери 19 процент үлести қурамақта. Сондай-ақ, сырт ел валютасын сатып алыў ушын да белгиленген қаржылар бар.

    Банк карталары арқалы төлемлер жеделлестирилмекте

    Усы жылдың биринши ярымында банк карталарына түскен қаржылар 676 триллион сумды қурады. Бул 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,4 есеге көп. Олардан 129 триллион сум (19 процент) нақластырып алынған. Салыстырыў ушын: бул көрсеткиш 2024-жылы 23 процент, 2023-жылы болса 24 процент болған.

    Нақ пулга талап ҳәм Орайлық банк сиёсаты

    Мәўсимлик факторлар себепли банклер тәрепинен нақ пулға болған талаптың артыўы нәтийжесинде, Орайлық банк тәрепинен 5,2 триллион сум муғдарында қосымша нақ пул айланысқа шығарылды.

    2025-жыл 1-июль жағдайына бола, улыўма пул массасындағы нақ пул салмағы 18,9 процентти қурады. Бул көрсеткиш 2024-жылы 21,1 процент ҳәм 2023-жылы 24,8 процент болған. Солай етип, соңғы еки жылда нақ пул үлесинде 2,2 процент пунктке төменлеў бақланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates