Өзбекстанда жеке меншик медицина мәкемелериниң саны 9 мыңнан асты

    Лаборатория хызметлериниң 40 проценти, офтальмология ҳәм оператив офтальмологияның 60 проценти, ЛОР ҳәм эндоскопик ЛОРдың 70 проценти ҳәм стоматологиялық диагностика және процедуралардың 91 проценти әйне жеке меншик клиникалар тәрепинен көрсетилмекте.

    Бүгин денсаўлықты сақлаў системасында болып атырған кең көлемли трансформация процесслери тараўда саламат бәсеки орталығын жаратыў, бул арқалы халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасы ҳәм қамтып алыўын және де арттырыўға қаратылған.

    Атап айтқанда, соңғы сегиз жыл даўамында медицина бағдарында жеке меншик сектордың үлесин арттырыў, мәмлекетлик емес медицина мәкемелериниң жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

    Нәтийжеде 2017-жылы жеке меншик емлеўханалардың саны дерлик 3,5 мыңды қураған болса, бүгинги күнге келип олардың саны 9 мыңнан асты.

    Медицинаның мәмлекетлик емес секторында қәнигелик түрлери 50 ден 225 ке артты. Сондай-ақ, жеке меншик емлеўханалардың медицина қәнигеликлери бойынша лицензия алыўына имканият жаратылды.

    3 700 ден аслам мәмлекетлик емес клиникалар жаңа медициналық қәнигелик есабынан өз жумысларын кеңейтти.

    Ҳәзирги ўақытта елимиздеги барлық медицина мәкемелеринде шөлкемлестирилген орынлардың 35 проценти жеке меншик сектордың үлесине туўра келмекте. Яғный, соңғы жыллары мәмлекетлик емес медицина клиникаларында стационар емлеў орынларының саны сезилерли дәрежеде артып, 2024-жылы 42 750 ге жақынласты.

    Сондай-ақ, жеке меншик медицина мәкемелериниң барлығында амбулатор, 1530 дан асламында стационар хызметлер шөлкемлестирилип, олар тәрепинен көрсетилип атырған медициналық хызмет түрлери 726 дан 2 251 ге артты.

    Әлбетте, бундай унамлы өзгерислер себепли бүгинги күнде денсаўлықты сақлаў системасында мәмлекетлик емес медицинаның үлеси 30 процентке жетти.

    Соның ишинде, лаборатория хызметлериниң 40 проценти, офтальмология ҳәм оператив офтальмологияның 60 проценти, ЛОР ҳәм эндоскопикалық ЛОРдың 70 проценти ҳәм стоматологиялық диагноз ҳәм процедуралардың 91 проценти әйне жеке меншик клиникалар тәрепинен көрсетилмекте.

    Жақын келешекте бул бағдарда

    жаңа мәмлекетлик емес медицина мәкемелерин шөлкемлестириўде халықаралық стандартларды енгизиў;

    жеке меншик секторда медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, "қәўипсиз медицина" принципин әмелиятқа енгизиў;

    медициналық хызметлер тутыныўшыларының ҳуқықларын исенимли қорғаў және тараўда сапа көрсеткишлерин буннан былай да арттырыў нәзерде тутылған.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates