Ҳәзирги күнлерде пайтахтымызда өткерилип атырған Россия ҳәм Өзбекстан арасындағы саўда-санаат бирге ислесиўиниң әҳмийетли илажы - "ИННОПРОМ. Орайлық Азия" V Халықаралық санаат көргизбеси даўамында МИСиС Илим ҳәм технологиялар университетиниң ректоры Алевтина Черникова ҳәм "Алмалық кән-металлургия комбинаты" АЖ басқарма баслығы Абдулла Хурсанов арасында усы мектептиң жумысын шөлкемлестириў бойынша келисимге қол қойылды.
"ГеоМетТех" алдыңғы инженерлик мектебин шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет Өзбекстан Республикасы санаат комплексин, соның ишинде, Алмалық кән-металлургия комбинатын жаңа билим ҳәм көнликпелерди қолланған ҳалда тармақларды перспективалы раўажландырыўдың стратегиялық ўазыйпаларын шеше алатуғын жоқары маманлықтағы инженер қәнигелер менен тәмийинлеўден ибарат.
Алдынғы инженерлик мектебинде "Кәншилик ҳәм байытыў", "Сийрек ушырасатуғын жер ҳәм аўыр металлар металлургиясы", "Санлы материалтаныў ҳәм жаңа технологиялар", "Технологиялық процесслердиң санлы трансформациясы" сыяқлы тийкарғы бағдарлар қамтып алынады.
Оқытыў 2025-жыл 1-сентябрьден "Металлургия" билимлендириў бағдарламасы бойынша басланады. 2025/2026-оқыў жылында магистратура студентлери еки бағдарды таңлаўы мүмкин болады: "Пайдалы қазылмаларды байытыў" ҳәм "Технологиялық процесслерди санлы басқарыў". Келешекте бағдарламалар дизими кеңейтиледи.
Алдыңғы инженерлик мектеби қыйын техникалық машқалаларды шешиўге, инновациялық пикирлеўге, жаңа технологияларды үйрениў ҳәм ислеп шығыўға таяр қәнигелерди таярлайды.
Студентлер магистратураның биринши курсынан баслап өндиристиң машқалалы мәселелерин изертлеўди баслайды ҳәм кейин ала нәтийжелерди белгили бир кәрханада енгизеди.
Алдынғы инженерлик мектебинде барлық зәрүр заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери менен тәмийинленген "Виртуал сынаў лабораториясы", "Жаңа материаллар ҳәм технологиялар лабораториясы", "Кән үскенелерин автоматластырыў ҳәм оңлаў лабораториясы", "Жойбарлаў-конструкторлық бюросы" сыяқлы арнаўлы илимий-билимлендириў майданларын жәмлеген билимлендириў фабрикасы да болады.
МИСиС Илим ҳәм технологиялар университети ректоры Алевтина Черникова: - "2022-жылы МИСиС университети жетекши жоқары технологиялы компаниялар менен биргеликте қәнигелерди таярлаў орайлары - алдынғы инженерлик мектеплерин раўажландырыў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша федерал таңлаў жеңимпазы болды. "Материалтаныў, аддитив ҳәм үзликсиз технологиялар" атлы қәнигелестирилген мектебимизде санаат бирге ислесиўшилеримиз бенен биргеликте билимлендириў бағдарламаларын жаратпақтамыз, күн тәртибин қәлиплестирип атырмыз. Жоқары билимлендириў мәкемемиздиң ең жақсы билимлендириў ҳәм изертлеў әмелияты халықаралық жойбарларды әмелге асырыўда ғалаба ен жайдырылмақта. 2024-жыл май айында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев университеттиң Алмалық филиалы негизинде алдынғы инженерлик мектебин ашыўды қоллап-қуўатлады ҳәм биз бул басламаны әмелге асырыўға киристик. Россия Федерациясы Илим ҳәм билимлендириў министрлигиниң тапсырмасына бола университетимиз АКМК менен биргеликте "ГеоМетТех" ИМОны шөлкемлестириў бойынша жол картасы ислеп шығылды. Алдынғы инженерлик мектебинде Республика экономикасы ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярланады".
Өндирис кәрханалары жумысын және де тереңирек түсиниў ҳәм "Алмалық КМК" АЖ ҳәм улыўма тараўдың илимий, технологиялық, конструкторлық ўазыйпаларын шешиў ушын жумысшы кәсиплерди қосымша өзлестириў де мектептиң билимлендириў моделиндеги тийкарғы өзгешеликлеринен есапланады.
Және бир итибарлы тәрепи, оқыў процесиниң басланыўы менен студентлерди Алмалық кән-металлургия комбинатына жумысқа жайластырыў имканияты да нәзерде тутылған.
- Алмалық кән-металлургия комбинаты пайдалы қазылмаларды қайта ислеў ҳәм таяр өним алыўда ең жаңа технологияларды қолланыў, терең қайта ислеў өнимлериниң түрлерин көбейтиў арқалы өз жумысының пүткиллей жаңа басқышына шықпақта. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз Президентиниң басламасы менен шийки затты қазып алыў, қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыў бойынша ири инвестициялық жойбарды әмелге асырмақтамыз. Бул өндирис заманагөй үскенелер менен тәмийинленген, толық автоматластырылған ҳәм жәҳән экологиялық стандартларына жуўап береди. Исенимимиз кәмил, ең әҳмийетли заманагөй ўазыйпаларды шешиўге қаратылған жоқары ҳәм қосымша кәсип-өнер билимлендириўиниң жаңа бағдарламаларын енгизиў есабынан алдыңғы инженерлик мектебин оқытыўдың усыныс етилип атырған форматы кәрхананың бар кадрлар базасын жетилистириў имканиятын береди. Бизге санлы технологиялардың заманагөй билимлерине ийе болған, АКМК ҳәм улыўма санаат алдында турған қурамалы техникалық ўазыйпалар ҳәм өндиристиң машқалалы мәселелерин шеше алатуғын, инновациялық пикирлейтуғын, жаңа технологияларды үйренетуғын ҳәм ислеп шығатуғын қәнигелер керек. Алдынғы инженерлик мектеби бизге мине усындай кадрларды жетистирип бериўине исенемиз". - дейди "Алмалық кән-металлургия комбинаты" АЖ басқарма баслығы Абдулла Хурсанов.