Ушырасыўда бир қатар перспективалы бағдарлар бойынша бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

Соның ишинде;

Өзбекстан жасларын алдынғы технологияларға үйретиў ҳәм кейин ала оларды Германия кәрханаларына жумысқа жайластырыўды нәзерде тутатуғын қоспа жойбарларды әмелге асырыў;

Германиялы қәнигелерге Өзбекстанда мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын жеңилликлер бериў;

Өзбекстан дипломларының Германияда тән алыныўы ҳәм Өзбекстан жоқары оқыў орынлары ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң Германия билимлендириў министрлигиниң “ANABIN” мәлимлеме базасына киргизилиўи додаланды.