Бул ҳүжжет келешекте Германияның Анхалт әмелий илимлер университети менен биргеликте Өзбекстанда жаңа, халықаралық стандартларға жуўап беретуғын университетти шөлкемлестириўге қаратылған әмелий қәдемлерди баслаўды нәзерде тутады. Бул университетти шөлкемлестириў арқалы мәмлекетимизде инженерлик, компьютер илимлери, жасалма интеллект ҳәм халықаралық бизнес бағдарларында жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў ушын тийкар жаратылады.
Гуннар Шеленбергер университетти "Өзбекстан-Германия әмелий илимлер университети" деп атаўды усыныс етти ҳәм оның Қәўендерлик кеңесине Саксония Анхалт парламентиниң баслығы сыпатында жеке өзи қатнасыўға таяр екенин билдирди. Оның сөзлерине бола, бул университет питкериўшилериниң Германияда жумысқа жайласыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Сөйлесиўлер ўақтында, сондай-ақ, университетти қаржыландырыў, материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў ҳәм халықаралық бирге ислесиў механизмлерин енгизиў мәселелери додаланды, деп хабар бермекте Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң баспасөз хызмети.