Ушырасыўда ҳаўа кемелерин техникалық қоллап-қуўатлаў, авиация техникасына техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў тараўындағы компетенцияларды раўажландырыў мәселелери, сондай-ақ, Өзбекстанның 2030-жылға шекем авиапаркти еки есеге арттырыў режелерин есапқа алған ҳалда узақ мүддетли бирге ислесиў перспективалары додаланды.

“Airbus A320ceo/neo” ҳәм “Boeing 787” ҳаўа кемелери ушын комплектлеўши бөлеклерди техникалық қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы келисимди 2035-жылға шекем созыў, сондай-ақ, “LEAP-1A” ҳәм “CFM56-5B” авиация двигательлерине техникалық хызмет көрсетиў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Жақын 10 жылға мөлшерленген бирге ислесиў перспективалары, соның ишинде, техникалық компетенцияларды раўажландырыў ҳәм “Uzbekistan Airways Technics”тиң имканиятларын кеңейтиў мәселелери айрықша көрип шығылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында транспорт министри Илҳом Маҳкамов “Lufthansa Technik” ҳәм Ташкент мәмлекетлик транспорт университети арасында бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятын көрип шығыўды усыныс етти. Атап айтқанда, авиация-техника факультети студентлериниң әмелиятын шөлкемлестириў, сондай-ақ, пуқаралық авиациясы тараўында қоспа билимлендириў ҳәм кәсиплик бағдарламаларды әмелге асырыў ҳаққында сөз бармақта.

Бул бағдарды раўажландырыў жоқары маманлықтағы авиация қәнигелерин таярлаў, халықаралық тәжирийбени енгизиў ҳәм Өзбекстан авиация тармағының кадрлар потенциалын беккемлеўге хызмет етеди.

Мағлыўмат ушын: “Lufthansa Technik” (LHT) - Германияның ҳаўа транспортына техникалық хызмет көрсетиўге қәнигелескен компаниясы болып, “Lufthansa” авиакомпаниясының қоспа кәрханасы есапланады.

Компания ҳаўа кемелерине техникалық хызмет көрсетиў тараўында дүньядағы ең ири бес кәрхана қатарына киреди. Оның жумысы авиация техникаларына техникалық хызмет көрсетиў, оңлаў ҳәм модернизациялаў, комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўдан ибарат.