Олардың арасында тынышлық бойынша Нобел сыйлығының лауреаты Надя Мурад, актриса Шерон Стоун ҳәм өзбекстанлы исбилермен Дилором Йўлдошева бар.
Еки жыл бурын Дилором Йўлдошева ҳәдийсе ақыбетинде еки аяғын жоғалтқан. Майыплығына қарамастан, ол үмитсизликке берилместен өзиниң тигиўшилик бизнесин ашты. Ол жумысшылар ҳәм мектеп оқыўшылары ушын кийим тигиў бойынша шәртнамалар дүзип, өзи ҳәм онлаған басқа ҳаял-қызларды дәрамат пенен тәмийинледи.
BBCдиң "100 ҳаял-қыз" жойбары соны көрсетпекте, дүньяның түрли мүйешлериндеги ҳаял-қызлар дус келип атырған барлық қыйыншылықларға қарамастан, олардың көпшилиги өз мойнына жетекшилик ўазыйпасын алып жәмийеттеги өзгерислер ушын гүрести даўам етпекте.