Өзбекстанлы мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм стипендиатлар БМШ системасында стажировка өтеўи мүмкин болады

    "Эл-юрт умиди" қорының атқарыўшы директоры Гулноза Исмаилова БМШтың Халықаралық пуқаралық хызмети комиссиясы (UN ICSC) баслығы Ларби Жакта менен ушырасыў өткерди. Тәреплер комиссияның Қор ҳәм Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги менен бирге ислесиўиниң перспективалы бағдарларын додалады.

    Мәмлекетлик басқарыў, пуқаралық хызмети ҳәм илимий изертлеў бағдарлары бойынша БМШ системасында мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын арттырыў бағдарламаларын өз ишине алған биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға келисип алынды.

    Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Бул келисим "Эл-юрт умиди" қоры тарийхында БМШ системасы шөлкеми менен байланысларды беккемлеўши биринши рәсмий ҳүжжет болып есапланады.

    Ҳүжжетке бола, тәреплер мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм қор стипендиантларын таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды ислеп шығады ҳәм әмелге асырады, изертлеўлер ҳәм техникалық қолланбалар менен алмасады. Конференциялар, семинарлар, әмелий сабақлар ҳәм басқа да кәсиплик илажлар өткериў режелестирилген. UN ICSC санлы басқарыў, инсан ресурсларын басқарыў ҳәм пуқаралық хызмети әмелияты тараўларында экспертлик ҳәм техникалық жәрдем көрсетеди, деп хабар береди "Эл-юрт умиди" қорының баспасөз хызмети.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates