Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги рәсмий телеграм каналында хабар берилиўинше, Латвиядағы ири логистика компаниясы - “Kreiss” пенен сөйлесиўлер өткерилди.
Атап өтилиўинше, Өзбекстанда “Kreiss”тиң жүк автотранспорты айдаўшыларын таярлаў оқыў орайлары шөлкемлестириледи ҳәм 2025-жылы өзбекстанлы 400 жүк автотранспорт айдаўшысын “Kreiss” компаниясына жумысқа жайластырылады. Бул бойынша өз-ара бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.
“Kreiss” 2024-жылы 215 мың халықаралық жүк тасыўды әмелге асырған. Компанияның 1500 автотрактан ибарат өз автопарки бар. 3000 хызметкер ислейди, олардың арасында бир топар өзбеклер де бар.