Өзбекстанлы ҳажылар халқымызға пәтия бермекте

    Президент Шавкат Мирзиёев 31-май күни Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий шайх Нуриддин Холиқназар менен телефон арқалы сөйлести.

    Ҳәзирги мүбәрек күнлерде әзиз ўатанласларымыз Ҳаж зыяраты ушын Меккеде турыпты. Мәмлекетимиз басшысы олар ушын жаратылған шараятлар, нураныйлардың денсаўлығы ҳәм кейпияты ҳаққында сорады.

    Муфтий ҳәзиретлери Ҳаж әмеллерин шын кеўилден, толық орынлаў ушын барлық шөлкемлестириўшилик илажлар көрилгенин атап өтти.

    Ҳәзирги ўақытта 15 мың ҳажыларымыздың барлығы Саудия Арабстанына жетип барған. Оларға 300 ден аслам топар басшысы, 50 жоқары категориялы шыпакер, 10 нан аслам аспазлар ҳәм басқа да қәнигелер жолдаслық етпекте.

    Быйыл, Өзбекстан тәрепиниң талабына муўапық, Арафот аймағындағы шатырлар жабық тәризде қурылды. Олардың әтирапы ыссылық өткермейтуғын панеллер менен оралған, суўытыў системасы орнатылған, гилем ҳәм төсеклер қойылған.

    Бир сөз бенен айтқанда, быйылғы ҳаж мәўсимине және де жоқары дәрежеде таярлық көрилип, барлық зәрүр шараятлар таярланды. Буннан қәлбинде шүкиршилик сезими толған ўатанласларымыз муқаддес орынларда турып, Жаратқаннан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абаданлығын сорап пәтия етпекте.

    Муфтий Нуриддин Холиқназар Президентимизге уллы ибадат пазыйлетлери менен жүрген ҳажыларымыздың сәлеми ҳәм дуўаларын жеткерди. Мәмлекетимиз басшысы барлық зыяратшыларға сәлем жоллап, елимизге саў-саламат келиўин тиледи.

    Сөйлесиў қызғын ҳәм көтериңки руўхта өтти. Ҳүрметли ҳажылар Өзбекстанға қайтып келгеннен соң, мәҳәллелерде социаллық орталықты беккемлеў, мүтәж инсанларға жәрдем бериў, жасларды илим-ағартыўшылыққа үгит-нәсиятлаўда үлги көрсететуғынына үмит билдирилди.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates