Миллий Олимпиада комитетиниң мағлыўматына бола, бул жәҳән чемпионатында Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы да қатнаспақта.
Қуўанышлы тәрепи, грек-рим гүреси бойынша болып өткен дәслепки күн беллесиўлеринде-ақ Өзбекстан сайланды командасы 2 алтын медалға ийе болды.
Атап айтқанда, -48 кг салмақта гүрескен Бунёд Ҳасанов ҳәм -80 кг салмақта гилемге шыққан Абдулазиз Холмирзаев барлық қарсыласларын жеңип жәҳән чемпионы атына еристи.








