Өзбекстанлы шыпакерлер 3 күн даўамында Аўғанстанның 1300 ден аслам пуқарасын тексерип шықты

    Медициналық тексериў даўамында аўған пуқараларына 1,6 миллиард сумлық 50 түрдеги дәри-дәрмақ ҳәм гигиена қураллары тарқатылды.

    "Өзбекстан темир жоллары" АЖ "Темир жол социаллық хызметлери" мәкемесине қараслы "Саламатлық" медициналық-санитариялық жәрдем поездында Аўғанстанның Балх ўәлаятына келген шыпакерлер медициналық тексериў өткерди.

    "Саламатлық" медициналық-санитариялық жәрдем поезди 15 түрдеги медициналық әсбап-үскенелер менен үскенеленген жәми 28 медицина хызметкери ҳәм 5 темир жол қәнигелери менен тәмийинленген.

    Өткен 3 күн даўамында шыпакерлер Аўғанстанның онлаған аймақларынан келген, жәми 1300 ден аслам пуқараны медициналық тексериўден өткерди. Соннан 576 ы еркек, 464 и ҳаял-қызлар ҳәм 273 и жас балалар болып есапланады.

    Сондай-ақ, медициналық тексериў даўамында аўған пуқараларына 1,6 миллиард сумлық 50 түрдеги дәри-дәрмақ ҳәм гигиена қураллары тарқатылды.

    Медициналық тексериў усы жылдың 30-декабрине шекем даўам етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates