баннер
14 Mar 2025
01:54

    Өзбекстанлы медицина хызметкерлерине енди Қатарда да ислеў имканияты ашылмақта

    Бүгинги күнде Қатарда улыўма есапта 12 мың мийирбийкелер бар болса, соннан тек 70 и қатарлы, қалғаны сырт еллилер екен.

    Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Қатардағы елшиханамыздың жуўапкерлеринен ибарат Өзбекстан делегациясы Доҳада және бир ири жумыс бериўши компания басшысы Муҳаммад Ал-Суўайдий менен ушырасыў өткерди.

    Гезектеги жаңа шерик Қатардағы ең ири медицина мәкемеси "Hamad Medical Corparation" болып, мәмлекетте көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң 90 проценти усы мәкемениң үлесине туўра келеди.

    Сөйлесиўде, бүгинги күнде Қатарда улыўма есапта 12 мың мийирбийкелер бар болса, соннан тек ғана 70 и қатарлы, қалғаны сырт еллилер екени атап өтилди.

    Ушырасыўда "Hamad" медицина мәкемеси ҳәм Миграция агентлиги арасында бирге ислесиўге келисип алынды.

    Бирге ислесиўшилер жылына 1000 мийирбийкеге мүтәжлиги бар екенлигин билдирген болса, Өзбекстан тәрепи мәмлекетимизде жумыс бериўшиниң талабы тийкарында мақсетли таярлаўға барлық шараятларды жарататуғынын атап өтти.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech