2017-жыл март айында Президент Шавкат Мирзиёев дәслепки мәмлекетлик сапарын Түркменстанға әмелге асырғаны бийкарға емес. Өткен жыллар даўамында мәмлекетимиз басшысы, Түркмен халқының миллий жетекшиси Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың ис-ҳәрекетлери себепли еки мәмлекет арасындағы байланыслар пүткиллей жаңа дәрежеге көтерилди. Бүгин Өзбекстан ҳәм Түркменстан Орайлық Азияда ҳақыйқый жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған бирге ислесиўдиң айқын үлгиси болып есапланады.
БМШ коньференциясы шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёев Түркменстанның "Бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлеси ушын" ордени менен сыйлықланды. Усы жылы Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстанның жоқары сыйлығы - "Олий даражали Дўстлик" ордени тапсырылған еди. Бул да еки мәмлекет арасындағы ҳүрметтиң жоқары дәрежесин аңлатады.
Атап айтқанда, соңғы жыллары Президентимиз қоңсы ҳәм дүньядағы жетекши мәмлекетлердиң бир қатар абырайлы сыйлықларына ийе болды.
Қазақстанның "Алтын қыран" ҳәм "Дўстлик", Қырғызстанның "Данакер", Тәжикстанның "Зарринтож", Россияның Александр Невский, Францияның Ҳүрметли легионы, Түркияның "Республика" орденлери, Түркий дүньяның жоқары ордени, ҒМДА ҳүрметли белгиси, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының ҳүрметли белгиси ҳәм басқалар усылардың қатарына киреди.
Әлбетте, бул сыйлықлардың ҳәр бири тек ғана Президент Шавкат Мирзиёевтиң жумысына берилген баҳа емес. Олардың артында мәмлекетимиз басшысының кәсиплеслери, бирге ислесиўши мәмлекетлер жетекшилери менен биргеликтеги нәтийжели мийнети турады. Мине усындай аўызбиршилик себепли Орайлық Азия бүгин бәсеки емес, ал бирге ислесиў мәканына айланып баратырғанында олардың да хызметлери шексиз.
Улыўма алғанда, бул сыйлықлар Өзбекстанның халықаралық жәмийетшиликте исенимли, жуўапкершиликли ҳәм интакер бирге ислесиўши сыпатындағы абырайы беккемленип атырғанынан дәрек береди. Соның менен бирге, Президент Шавкат Мирзиёевтиң сыртқы сиясат стратегиясы бәлентпәрўаз билдириўлерге емес, ал анық әмелий ҳәрекетлерге: өз-ара келисимлер, биргеликтеги жойбарлар, ашық шегаралар, жаңа транспорт коридорлары ҳәм сөйлесиў майданларына сүйенеди. Булардың барлығы - халқымыздың турмысын жақсылаў ҳәм абаданлығын арттырыў ушын.
Усы көзқарастан, Түркменстан ордениниң берилиўи рәсмийлестириў емес, ал Өзбекстанның регионда турақлылық ҳәм бирге ислесиўди тәмийинлеўдеги белсене ҳәм конструктивлик позициясының тән алыныўы болып есапланады.
Бул тек ғана сыйлық емес, ал глобал турақсызлық, исеним жетиспеўшилиги ҳәм қәўип-қәтерлер фонында Өзбекстан ҳәм оның шериклери регионда жаратып атырған турақлы орталық үлкен қәдириятқа айланып атырғанына ишарат. Мине, усы турақлылықты тәмийинлеп атырған ким болса, оның мийнети мүнәсип хошаметлениўге ылайық.
Сапар етиўдиң және бир тәсирли жери Арқадағ Түркменстанда қәлиплескен протокол тәртип-қағыйдаларынан шетке шығып, Президентимизди аэропортта жеке өзи шығарып салғаны болды.
Бул өз-ара ҳүрметке тийкарланған қызғын ҳәм дослық қатнасықлардың, халықларымыз арасындағы ҳақыйқый туўысқанлық байланысларының бийбаҳа үлгиси болып есапланады.









