Өзбекстан футбол бойынша ҳаял-қызлар командасына жаңа бас тренер тайынланды

    Өзбекстан футбол ассоциациясы басшылығы Өзбекстан ҳаял-қызлар миллий сайланды командасы бас тренерлигине талабан Котрина Кулбите менен ушырасты.

    Дәслеп, литвалы қәниге мәмлекет футболы тарийхы ҳәм қолға киргизилген табыслар менен таныстырылды. Сондай-ақ, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызлар спорты, атап айтқанда, футболға берилген итибар ҳаққында мағлыўмат берилди.

    ӨФА басшылығы ҳаял-қызлар футболы күн сайын раўажланып атырғаны ҳәм футбол менен шуғылланып атырған қызлардың саны артып атырғанын тән алып, Өзбекстанда өткерилетуғын 2029-жылғы ҳаял-қызлар Азия кубогында мүнәсип қатнасыў, Жәҳән чемпионаты ҳәм Олимпиада ойынларына жоллама алыў тийкарғы мақсетлер екенлиги, сондай-ақ, усы жылдың июнь айында өткерилетуғын 2026-жылғы ҳаял-қызлар Азия кубогы таңлап алыў басқышында жоқары нәтийже көрсетип, континент турнирине жоллама алыў зәрүрлигин атап өтти.

    Өз гезегинде Котрина Кулбите үлкен тарийх ҳәм үлкен потенциалға ийе команда бас тренери етип тайынланып атырғанынан қуўанышлы екенин ҳәм Өзбекстанда ҳаял-қызлар футболы және де раўажланыўында бар күш-ғайратын жумсайтуғынын билдирди.

    Буннан соң, УЕФАның "Про" лицензиясына ийе болған Котрина Кулбите менен шәртнама мәселеси бойынша дәслепки сөйлесиўлер алып барылды. Литвалы қәнигениң ўазыйпалары додаланды ҳәм келешектеги режелер бойынша пикир алысылды.

    Мағлыўмат орнында, Котрина Кулбите УЕФАның тренерлерди оқытыў бойынша инструкторы болып есапланады. Литва ҳаял-қызлар сайланды командасы ҳәм ҳәр қыйлы жас категориясындағы қызлар сайланды командаларында бас тренер ҳәм жәрдемши тренер лаўазымларында жумыс ислеген.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates