Бул ҳаққында "Ўзгидромет" агентлиги хабар берди.
Атап өтилиўинше, бул сәнелерде жаўын жаўыўы күтилип атырғаны себепли Өзбекстан аймағы бойлап жаўын суўларының топланыў итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин.
Төмендеги аймақларда жасаўшы ямаса сол маршрутта сапар режелестирген пуқаралар сергекликке шақырылған:
Қашқадәря ўәлаятының:
- Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;
Сурхандәря ўәлаятының:
Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Бойсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорған, Музработ районларында;
Самарқанд ўәлаятының:
Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақорған, Паяриқ, Жомбой, Иштихан районларында;
Жиззах ўәлаятының:
Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шараф Рашидов, Фориш, Янгиабад районларында;
Ташкент ўәлаятының:
Аҳангаран, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Шыршық, Жоқары Шыршық районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;
Наманган ўәлаятының:
Поп, Касансай, Чартақ, Чуст, Наманган, Янгиқорган районларында;
Ферғана ўәлаятының:
Сўх, Ферғана, Бешариқ районлары ҳәм Шоҳимардон аймағында;
Әндижан ўәлаятының:
Әндижан, Асака, Жалақудық, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избаскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында.
"Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши автотранспорт басқарыўшыларынан сергеклик илажларын көриўлерин сораймыз," делинеди хабарда.








