Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқыны болыўы мүмкин

    29 шілде 2025 2319

    Өзгидромет оператив гидрометеорологиялық хабар жәриялады. Усы жылдың 30-июль - 1-август күнлери айырым жерлерде жаўын жаўыўы күтилмекте.

    Сол себепли республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында, соның ишинде:

    Ташкент ўәлаяты: Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Чирчиқ, Жоқары Чирчиқ районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;

    Наманган ўәлаяты: Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорган районларында;

    Ферғана ўәлаяты: Сох, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;

    Әндижан ўәлаяты: Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избоскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында сел-суў ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши айдаўшыларға абайлылық илажларын көриў соралды.

    Республиканың айырым аймақларында жаўын суўларының топланыў итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин.