Бугунги кунда “яшил” ишлаб чиқариш мамлакатда жами электр энергияси ишлаб чиқаришнинг 6,43 фоизини таъминлайди”,-

    Өзбекстанның жаңадан тайынланған елшиси Илҳом Ҳайдаров Түркия Сыртқы ислер министрлиги Протокол Бас басқармасының баслығы, елши Аҳмет Жемил Мироғлуға исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, сөйлесиў даўамында кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларына тийкарланған Өзбекстан-Түркия еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириў перспективалары, атап айтқанда, усы жылы 21-22-июнь күни Стамбулда болып өтетуғын Ислам бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң 51-сессиясында Өзбекстан делегациясының қатнасыўы додаланды.

    Сондай-ақ, ҳәр қыйлы дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер ҳәм қоспа илажларды шөлкемлестириў, соның ишинде, еки мәмлекет Сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлерди өткериў сыяқлы мәселелер көрип шығылды.

    Саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, исбилермен топарлар арасындағы байланысларды жеделлестириў, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўындағы байланысларды кеңейтиў бойынша пикир алысылды.

    Аҳмет Жемил Мироғлу Өзбекстанның жаңадан тайынланған елшисине Түркиядағы дипломатиялық жумысында табыслар тиледи ҳәм Стамбулдағы Сыртқы экономикалық байланыслар кеңеси (DEIK) менен тиккелей байланысларды жолға қойыўда жақыннан жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

    56 жасар дипломат 2024-жыл июль айынан берли Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары лаўазымында ислеп келген еди.

    Ол Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети), Россия сыртқы саўда академиясын, Мемфис қаласындағы (АҚШ) Халықаралық пахта мектебин тамамлаған.

    Өзбекстан Сыртқы экономикалық байланыслар министрлиги системасында (ҳәзирги Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги) ҳәм сырт ел ўәкилханаларында саўда-экономикалық кеңесгөй, Украинадағы елши лаўазымларында ислеген.

    2009-жылдан 15 жыл даўамында "Өзбекенгилсаноат" мәмлекетлик акционерлик компаниясын (ҳәзирги "Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты" ассоциациясы) басқарған. Соның менен бирге, 2021-2024-жыллары Өзбекстан Жумыс бериўшилер конфедерациясының баслығы сыпатында жумыс ислеген. Инглис ҳәм француз тиллерин жетик биледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates