Мәмлекетимиз басшысы ҳәм өмирлик жолдасын Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух өмирлик жолдасы менен күтип алды.
Сухэ-Ботир майданында уллы мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Әскерий оркестрдиң атқарыўында еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады.
Президентлер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Мәресимнен соң Өзбекстан Президенти Монголия Мәмлекетлик сарайындағы Ҳүрметли мийманлар китабына жазып қалдырды.
Биргеликте сүўретке түскеннен соң, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.