"Ўзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, бул май айының басы ушын бақланған климат нормасынан сезилерли дәрежеде жоқары. Бундай температура жаз мәўсими ушын көбирек тән.

8-майдан температураның бираз төменлеўи басланады ҳәм 9-май күни температура 27-32 дәрежени қурайды. Усы күни Қарақалпақстан Республикасы бойынша айырым жерлерде, 9-майда орайлық ҳәм шығыс ўәлаятларда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама бақланыўы мүмкин.

5-7-майда арқада ҳәм шөл аймақларда, 8-9-майда республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте, айырым жерлерде самалдың тезлиги 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.

Ташкентте 5-8-май күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Температура тийкарынан 33-36 градус, 7-майда 36-38 градус болады. 9-майда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Температура 27-30 дәрежеге шекем төменлейди.