Республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген 200 ден аслам палўанлар өз-ара күш сынасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Қызғын өткен беллесиўлер жарыс жуўмағында, улыўма командалық есапта Қоңырат районы жаслары биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, екинши орынды Хожели, сыйлы үшинши орынды Кегейли районы командалары жеңип алыўға еристи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.