Паралимпияшыларымыз Қазақстанның Ақтаў қаласында бочча бойынша халықаралық турнирде қатнаспақта

    Спорт 28 қазан 2025 452

    Түркий мәмлекетлер спортшылары арасында бочче ойыны бойынша халықаралық турнирдиң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Жарыс "Ақтаў - Түркий дүньяның мәдений пайтахты" бағдарламасы шеңберинде өткерилмекте.

    Жарыста Өзбекстан, Қазақстан, Түркия, Әзербайжан ҳәм Қырғызстаннан 30 спортшы қатнаспақта. Олардың арасында Бибинисо Раҳмонова, Ҳусан Расулов, Низомиддин Хайриддинов, Акобир Шамсуддинов сыяқлы Өзбекстан миллий паралимпия сайланды командасының 8 ўәкили бар. Команданы бас тренер Мирзонаби Тошев басқармақта, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Турнир алдынан "Инклюзив спорт: түркий дүнья тәжирийбеси ҳәм келешеги" атамасында халықаралық форум өткерилип, онда түркий мәмлекетлердиң қәнигелери, илимпазлары ҳәм федерация ўәкиллери қатнасып, инклюзив спорт тараўындағы алдынғы тәжирийбелер, медициналық тәмийнат ҳәм заманагөй технологияларды қолланыў бойынша пикир алысты.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates