Бул жойбар 2022-жылы Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зойир Мирзаев басшылығындағы делегацияның Корея Республикасына сапары ўақтында алға қойылған баслама тийкарында әмелге асырылды, деп хабар береди ўәлаят ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Сапар даўамында Геонгсангбук-до ўәлаятындағы белгили «Andong Hahoe» фольклор аўылы менен танысылған ҳәм мине усындай этно-аўылды Өзбекстанда шөлкемлестириў усынысы билдирилген еди. Мәмлекет басшысы бул басламаны қоллап-қуўатлаған.

Жойбардың тийкарғы мақсети - Паркент аймағының тәбийғый гөззаллықлары ҳәм этнографиялық өзине тәнлигин сақлаған ҳалда туризм потенциалын арттырыў.

Ашылыў мәресиминде фольклор жәмәәтлериниң шығыўлары, миллий липаслар көргизбеси ҳәм художниклердиң сүўретлеў көркем өнери көргизбелери көрсетилди. Сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел ҒХҚ ўәкиллери, соның ишинде, Қубла Кореяның «MOVE» журналының дөретиўшилик топары ушын Паркент бойлап пресс-тур шөлкемлестирилди.

Пресс-тур шеңберинде «Family Resort» мийман үйи, "Кумушкон" аймағындағы "Алтын бел" төбесинде қурылып атырған курорт зоналары ҳәм басқа да туризм объектлери менен танысыў болып өтти.

Илажда Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиханасының ўәкиллери, атап айтқанда, мәденият, туризм ҳәм билимлендириў мәселелери бойынша бас қәниге Хон Жи Ён ханым ҳәм басқа да ҳүрметли мийманлар қатнасты.