Паркентте ири "Аквапарк" қурылады

    4 сәуір 2025 9613

    Паркент районындағы Қайилма мәҳәллеси аймағында 20 гектар майданда заманагөй аттракционлар менен үскенеленген "Аквапарк" қурылыс жойбарының презентациясы болып өтти.

    Онда Ташкент ўәлаятының ҳәкими Зойир Мирзаев, Өзбекстан халық шайыры, сенатор Маҳмуд Тоир, Паркент районының ҳәкими Сардор Исоқулов, ўәлаят басқармасының басшылары ҳәм аймақтағы фермерлер, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

    Ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткен презентацияда Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына бола Қайилма мәҳәллесиниң Гүлбағ массивинде (орайлық жол бойында) қурылатуғын "Аквапарк" ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

    Атап өтилгениндей, жойбардың баҳасы 30 миллион доллар болып, онда саўда дүканлары, амфитеатр, жабық жүзиў бассейни, аттракционлар, тапчанлар, декоратив сарайлар, мийманхана, жасалма толқынлы жүзиў бассейни, фонтанлар, автомобиллер туратуғын орынлар қурылады.

    Жылына 100 мың туристти тартыўы нәзерде тутылған бул жойбар 2026-жылдың 2-шерегинде иске қосылыўы режелестирилген болып, онда район халқынан 500 адам жумыс орнына ийе болады.

    Илажда Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зойир Мирзаев "Аквапарк" қурылысы мүнәсибети менен аймақтағы фермерлерге компенсация пулы толық төлеп берилетуғынын мәлим етти.

    Ўәлаят ҳәкими бул аймақтағы фермерлерди разы етиў, төленетуғын компенсация қаржылары нызамшылыққа муўапық, өз-ара келисиў ҳәм қалыс, әдил баҳалаўдан кейин жумыслар басланатуғынын атап өтти.

    Зойир Мирзаев бул мәселеде ўәлаяттың тийисли басқарма ҳәм уйым басшыларынан ибарат арнаўлы жумысшы топар дүзилип, оның баслығы Өзбекстан халық шайыры, сенатор Маҳмуд Тоир болатуғынын айтып өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates