Социаллық тармақларда тарқалған "Паркенттеги “Lion Park”те арыслан қәпестен парк ҳәўлисине шығып кетип, қараўылға тасланған ҳәм жеткерилген дене жарақатлары себепли қараўыл ўақыя орнында қайтыс болған" темасындағы хабар бойынша мағлыўмат берилди.
Ташкент ўәлаяты ИИБ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бүгин, 17-декабрь күни Паркент районында жайласқан “Lion Park” жеке меншик ҳайўанат бағында бир қәпесте сақланып атырған 3 арыслан қәпестен ҳайўанат бағының ҳәўлисине шығып кеткен.
Ҳәдийсе ўақтында ҳайўанат бағы жабық болған. Ҳәўлиге шығып кеткен арысланлар усы жерде қараўыл болып ислеп атырған, 1980-жылы туўылған пуқара (Ф.И.) ға тасланып, оған жарақатлаған. Тилекке қарсы, 44 жасар пуқара алған дене жарақаты ақыбетинде қайтыс болған.
Көрилген илажлар нәтийжесинде арысланлар арнаўлы қәпеске қамалған. Әтираптағы басқа шахсларға зыян жеткерилмеген. Ҳәзирги ўақытта жергиликли халық ушын қәўип жоқ.
Бул жағдай бойынша Паркент районы ИИБ тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.