Қаллибек Камалов 1926-жылы 18-мартта Қарақалпақстанның Тахтакөпир районында туўылды. Орта мектепти тамамлап, әскерий хызметти өтеп, 1955-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлады. Мийнет жолын Жаслар комитети хаткери лаўазымынан баслап, кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Нөкис қалалық атқарыў комитетиниң баслығы лаўазымларында жумыс иследи.

Үлкен шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе болған Қ.Камалов Қарақалпақстан Республикасы коммунал хожалығы министри, жол транспорты ҳәм автомобиль жоллары министри, Қарақалпақстан партия комитетиниң хаткери лаўазымларында нәтийжели мийнет етти.

Өзиниң пүткил өмири ҳәм мийнет жолын ел-журтымыздың раўажланыўына бағышлаған талантлы басшы 1959-1963-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1963-1984-жыллары Қарақалпақстан партия комитетиниң биринши хаткери, Республикамыздың жетекшиси лаўазымларында мийнет етти. Бул жуўапкерли лаўазымларда пидайылық ҳәм интакерлик көрсетип, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, түрли тараў ҳәм тармақлардағы жумысларды заман талаплары тийкарында шөлкемлестириўге мүнәсип үлес қосты.

1984-1986-жыллары Қәллибек Камалов талантлы дипломат сыпатында да өзин табыслы көрсетти.

Көп жыллық көп қырлы мийнет жолы даўамында өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси, басқарыў шеберлиги, жоқары адамгершилик пазыйлетлери, Ўатанға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен халқымыздың терең ҳүрметине еристи. Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, қыйын климат шараятында пахташылық, ғәллешилик, шарўашылық ҳәм аўыл хожалығының басқа да тармақларын, санаат ҳәм өндиристи раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша кең көлемли жойбарлар әмелге асырылды.

Қаллибек Камалов соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасы Нураныйлар жәмийетлик кеңесине басшылық етип, кексе әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў, жәмийетте тынышлық, мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, жасларды Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда белсене қатнасты.

Оның мәмлекет ҳәм халық алдындағы үлкен хызметлери мүнәсип сыйлықланды. Ол "Шуҳрат" медалы ҳәм "Эл-юрт ҳурмати" ордени менен сыйлықланған еди.

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, жаслардың меҳрийбан устазы, кеңпейил ҳәм кишипейил инсан Қәллибек Камаловтың жарқын естелиги жүреклеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Нарбаева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, А.Орынбаев, С.Турдиев.