Сулыў таў баўырындағы 3 гектар жерде қурылған бул мийманханалар ықшамлығы ҳәм қолайлылығы менен ажыралып турады. Ҳәзирги ўақытта жәми 188 орынға ийе 2 мийманхана, капсула түриндеги жайлар, ресторан ҳәм хожалық имаратлары қурылған. Кейинги басқышта және 20 усындай турақ жайдың қурылысы мөлшерленген.
Шавкат Мирзиёев мийманханада жаратылған шараятлар менен танысты.
Улыўма етип айтқанда, аймақта туризмди раўажландырыў мақсетинде баҳасы 1 миллиард 800 миллион доллар болған 52 жойбар әмелге асырылады. Нәтийжеде 3 мың 300 жумыс орны жаратылады ҳәм 1 миллион туристке хызмет көрсетиледи.
Паркенттиң қарлы таўлары және бир үлкен жойбарды әмелге асырыў имканиятын бермекте. Бул жерде Австрия компаниясы тәрепинен 1 мың 200 гектарда таў-лыжасы курортын қурыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысына бул жойбар ҳаққында мәлимлеме берилди. Оның шеңберинде 3, 4 ҳәм 5 жулдызлы мийманханалар, лыжа ҳәм аспа жол, шалелер, пикник майданы, ресторанлар, саламатландырыў хызметлери шөлкемлестириледи.
Жойбар үш басқышта әмелге асырылады ҳәм толық қуўатлылықта күнине 15 мың туристти қабыл етиў имканиятына ийе болады. 600 ге шамалас сервис комплекслери шөлкемлестириледи. Мәўсимлик хызметлер менен бирге 10 мыңға шамалас жумыс орны жаратылады. Улыўма, бул жер Бостанлықтағы "Амирсай" курорты сыяқлы, Ташкент ўәлаятының ири туристлик мәнзиллеринен бирине айланады.
Қәнигелер менен сөйлесиўде жойбарды жетилистириў, хызметлер қамтып алыўын кеңейтиў ҳәм қурылысты жеделлестириў илажлары бойынша пикир алысылды.