Жарыстың ашылыў мәресиминде Азия Белбеўли гүрес федерациясы президенти М. Муратов, Өзбекстан Белбеўли гүрес федерациясы президенти Р. Дастиров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы спорт министри А. Алланазаровлар қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына әўметлер тиледи.
Мағлыўмат ушын, жарысқа Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан жәми 200 ден аслам спортшылар қатнаспақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.