Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мәлим етиўинше, бул мобил тәжирийбе арттырыў хызметлери республиканың алыс ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын енгизилген.
Тәжирийбе-сынақ түринде бул автобуслар ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларына жиберилмекте.
Мағлыўматларға бола, мобил тәжирийбе арттырыў хызметлери 4 аудитория көринисиндеги қайта үскенеленген автобуслар негизинде шөлкемлестирилген болып, автобуслардың ҳәр бири 10 ноутбук, 1 дана интерактив монитор, жазыў тахтасы, WI FI роутер менен қайта қайта үскенеленген.