Социаллық тармақларда "Шет елге шығып кеткен пенсионерлеримиздиң пенсиясы тоқтатылатуғын екен. Ҳәттеки жақын адамы пенсияны исеним хаты менен де алыўы мүмкин емес екен" сыяқлы мазмунда тарқатылған хабарға Пенсия қоры анықлық киргизди.
Атап өтилиўинше, "Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже"ге муўапық, бүгинги күнде:
пенсионер Өзбекстан Республикасынан сыртқа шығып 3 айдан артық ўақыт даўамында Өзбекстанға қайтып келмегенде пенсияны төлеў ўақтынша тоқтатып турылады.
Онда ўақтынша тоқтатылған пенсияны төлеў пенсионер Өзбекстанға қайтып келгеннен соң қайта тикленеди.
Еслетип өтемиз, пуқара Өзбекстанға қайтып келгеннен соң алынбай қалған айлардағы пенсиясын 24 айлығын алыў ҳуқықына ийе.
Онда пенсия пулы пенсияны алыў мақсетинде мүрәжат етилгенинен алдынғы 24 айдан аспаған дәўир ушын төленеди.