Пенсия жасын арттырыў бойынша ҳеш қандай жуўмақлаўшы қарар қабыл етилмеген - Пенсия қоры

    Социаллық турмыс 26 маусым 2025 1456

    Социаллық тармақларда Өзбекстанда пенсия жасы арттырылатуғыны ҳаққында хабарлар тарқалып жәмийетшиликтиң додалаўларына себеп болды. Хабарлар бойынша Пенсия қоры мағлыўмат берди.

    Атап өтилиўинше, бүгинги күнде Өзбекстанда пенсия жасын арттырыў бойынша ҳеш қандай жуўмақлаўшы қарар қабыл етилмеген.

    Пенсия реформасын өткериў бойынша халықаралық экспертлер тәрепинен берилген усыныслар ҳәзирги ўақытта Өзбекстан шараятына сәйкеслиги, халықтың турмыс дәрежесине тәсири ҳәм экономикалық ақыбетлери талланбақта, - делинеди мүнәсибетте.

    Сондай-ақ, қор пенсия системасына киргизилетуғын ҳәр қандай өзгерислер, соның ишинде, пенсия жасына байланыслы мәселелер де, әлбетте, кең жәмийетшиликтиң додалаўынан соң, халықтың пикири ҳәм мәплерин есапқа алған ҳалда басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғынын мәлим етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates