Мәдений бағдарлама шеңберинде Өзбекстанның ең белгили дәстүр ҳәм үрп-әдетлери көрсетилди. Инсан турмысындағы ең әҳмийетли басқышлардан бири - шаңарақ дүзиўге айрықша итибар қаратылды.

Әзербайжанлы мийманларға келинниң сарпайын таярлаў ҳәм сүзене тигиўге байланыслы үрп-әдетлер, той мәресимлери, келинди күйеўдиң үйине узатыў, "келин сәлем" мәресими, "бесик той" салтанаты, ана бесиги - "ҳәйиў" көрсетилди.

Сондай-ақ, мәдений бағдарламада туўысқан Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықларының дәстүр ҳәм қәдириятлары уқсас екенлиги атап өтилди. Еки халық турмысында да шаңарақ, үлкенлерге ҳүрмет, перзент тәрбиясы, миймандослық, миллий үрп-әдетлеримизди қәстерлеп сақлаў сыяқлы мәселелер айрықша орын ийелейди.