Непал басшысы тарийхта биринши мәрте Өзбекстанның мәмлекетимизге елшиси тайынланғаны ушын терең миннетдаршылық билдирип, Ташкент пенен көп қырлы байланысларды раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти, деп жазады "Дунё" МА.

Тәреплер еки тәреплеме күн тәртибиндеги кең көлемли мәселелерди додалады.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў перспективаларына айрықша итибар қаратылды. Непал тәрепи гидроеэнергетика, туризм, билимлендириў сыяқлы тараўларда бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтип, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Президент Рамчандра Паудел халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти. Глобаллық климат өзгериўи ҳәм таўлы аймақлар экологиясы сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша биргеликте жумыс ислеўден еки тәреп те мәпдар екенин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында Президент Рамчандра Паудел Непалдың узақ мүддетли дослық шериклик сиясатына садықлығын тастыйықлады ҳәм Өзбекстан менен бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған барлық басламаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Непал арасында дипломатиялық қатнасықлар 2018-жыл 26-январьда орнатылған. Елши Сардор Рустамбаев 2024-жыл январь айында Дели қаласына келген, оған шекем мәмлекетимиздиң Франция ҳәм Португалиядағы дипломатиялық миссиясына басшылық еткен.

Ол 45 жаста. Бирмингем университети (Уллы Британия), Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети, Лондон университетиниң Шығыс ҳәм Африка изертлеўлери мектеби (Уллы Британия), Өзбекстан Президенти жанындағы Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс академиясының питкериўшиси. Сиясий илимлер кандидаты илимий дәрежесине ийе.

Сыртқы ислер министрлиги системасында 2000-жылдан берли жумыс алып бармақта. Орайлық аппаратта атташеден баслап бөлим баслығына шекем ҳәр қыйлы лаўазымларда ислеген. Өзбекстанның Уллы Британиядағы елшиханасында ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Секретариатында (Пекин, Қытай) жумыс ислеген. Өзбекстанның Франциядағы елшиханасына басшылық еткен (2018-2023-жыллар).