– Усы жылы Беруний районындағы 13 аймақ бойлап 3212 қуты наўқан қурты тарқатылды. Бул арқалы 5100 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Арнаўлы таярлық көрилген шаңарақларда пилле қуртлары ушын зәрүр шараят жаратылып, оларды дурыс тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта, – дейди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Атап айтқанда, Саркоп аўыл пуқаралар жыйынында 105 ҳаял-қызға 98 қуты наўқан қурты тарқатылып, ҳәзирги ўақытта тәрбиялаў жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте. Жасы үлкен аналар өз тәжирийбелери менен жасларға үлги болып, устаз-шәкирт дәстүри тикленбекте.
Сондай-ақ, Ө.Жуманиязов мәҳәллесинде 71 шаңараққа 101 қуты наўқан қурты жеткерип берилди. Бул жерде де тәрбиялаў процесине қатаң кирисилген – азықлықтың ўақтында берилиўи, температура ҳәм санитариялық талапларға әмел етилиўи тәмийинленбекте. Себеби пилле қурты “гүмис талшық” жаратқанша пиллекешлерге тынымсыз мийнет етиўге туўра келеди.
Пилле жетистириў жумыслары менен танысқан район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Козиева пилле жетистириўшилердиң шаңарақларында болып, олардың мийнетин айрықша атап өтти ҳәм миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.









