Самарқандты "миллионлы қала"ға айландырыў, заманагөй архитектуралық шешимлерге ийе турақ жай ҳәм турақ жай емес имаратларды қурыў, халықтың турақ жайға болған талабын толық қанаатландырыў, аймақлардың инфраструктурасын раўажландырыў арқалы мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мақсетинде Самарқанд районы еркин ҳәкимшилик-аймақлық бирлик сыпатында сапластырылмақта.

Соннан келип шығып, Ақдәрья районынан - 1 410,6 гектар, Пастдарғом районынан - 1 242,3 гектар, Самарқанд районынан - 13 308 гектар, Тайлақ районынан - 1 265,6 гектар жер майданлары Самарқанд қаласы қурамына өткерилмекте.

Өз гезегинде, қаладағы 518 гектар, Самарқанд районындағы 1 551 гектар жер майданы Пастдарғом районы қурамына, Самарқанд районындағы 28 295 гектар жер майданы Тайлақ районы қурамына өткерилмекте. Онда қала ҳәм районлар қурамына өткерилетуғын жер фондының категориялары өзгериссиз қалады.

Шегаралардың өзгериўи нәтийжесинде Самарқанд қаласының аймағы 11,8 мың гектардан 28,9 мың гектарға шекем кеңейип, жаңа жойбарларды әмелге асырыў имканияты жаратылмақта. Қала халқының саны 604 мыңнан 882 мыңға жетеди. Сондай-ақ, жаңа массивлердиң қурылысы шеңберинде "Ширин" посёлкалары, "Темир жол арты" аймағы ҳәм "Қарасув-2" массивинде 309 мың халыққа мөлшерленген 710 көп қабатлы турақ жай қурыў режелестирилген.

Самарқанд қаласында жаңа туризм жойбарлары әмелге асырылады, ойын майданшалары, аквапарк, ҳаўа шарларында ушыў зоналары, дем алыў бағлары ҳәм басқа да кеўилашар туризм ҳәм дем алыў объектлери шөлкемлестириледи, жаңа жасыл аймақлар, хызмет көрсетиў объектлери ҳәм логистика орайлары қәлиплестириледи.

Қарар жойбары мәкан пуқаралар жыйынларында, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм районлық Кеңеслеринде додаланды. Додалаўлар даўамында шегаралардың картографиялық көриниси ҳәм олардың классификациясы тастыйықланды.

Атап өтилгениндей, шегараларды өзгертиў мәселеси мәҳәлле пуқаралар жыйынларында, халық депутатлары Самарқанд қалалық, Ақдәрья, Пастдарғом, Тайлақ ҳәм Самарқанд районлық Кеңеслери және халық депутатлары Самарқанд ўәлаятлық Кеңесиниң мәжилислеринде додаланып, шегаралардың картографиялық көриниси ҳәм шегара сызығының сыпатламасы мақулланған.

Жоқарыдағылардан келип шығып, қарар жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.