"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, дем алыс күнлери республика бойынша жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 2-3 дәрежеге төменлейди. Түнде 2° суўықтан 3° жыллыға шекем, күндиз 10-15° жыллы. Арқада түнде 0-5гр суўыққа шекем, күндиз 5-10гр жыллы әтирапында болады.
Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан күшсиз ямаса орташа еседи.
Ташкент қаласында ҳаўа-райы: жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8м/с. Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 15-17гр жыллы, дем алыс күнлери түнде 0-3гр жыллы, күндиз 11-14гр жыллы.









