Таңлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-январьдағы "Шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз тәсирин азайтыў илажлары ҳаққында"ғы ПП-5-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде өткерилмекте.

Ким қатнасыўы мүмкин

Таңлаўда тиккелей шығындыларды жүклеў, тасыў, жайластырыў ҳәм таңлап алыў менен шуғылланатуғын санитариялық тазалаў кәрханаларының хызметкерлери, сондай-ақ, аймақларды тазалаў жумысларын орынлайтуғын абаданластырыў басқармаларының хызметкерлери қатнасыўы мүмкин.

Тийкарғы талаплардан бири - тараўда кеминде 10 жыллық нәтийжели ҳәм ҳадал мийнет стажына ийе болыў.

Таңлаў сондай-ақ, төмендегилерге қаратылған:

тараўдың раўажланыўына үлкен үлес қосқан хызметкерлерди атап өтиў;

санитариялық тазалаў ҳәм абаданластырыў тараўы қәнигелери мийнетиниң абырайын ҳәм жәмийетлик әҳмийетин арттырыў;

көп жыллық ҳадал ҳәм пидәкерлик мийнети үлгисин жаслар арасында ғалаба ен жайдырыў;

халықтың экологиялық мәдениятын ҳәм қоршаған орталыққа жуўапкершиликли қатнасын арттырыў.

Жеңимпазлар не алады

Таңлаў жеңимпазларының мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген перзентлери ҳәм ақлықларына бир оқыў жылы ушын төлемли-контракт муғдары қаплап берилиўи нәзерде тутылған.

Компенсация муғдары базалық есаплаў муғдарының 30 есесинен артып кетпеўи керек.

Онда, усы жеңилликтен пайдаланған студентлер келешекте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде кеминде 3 жыл мийнет етиўи керек болады.

Қандай ҳүжжетлер керек

Арзаға төмендегилер қосымша етилиўи керек:

талабанның биометриялық паспорты ямаса ID-картасының нусқасы;

3×4 см өлшемдеги реңли фотосүўрет;

мағлыўматнама-объективка;

талабан тәрепинен кейинги үш жылда орынланған жумыслар, ерисилген нәтийжелер ҳәм әмелге асырылған басламалар көрсетилген минезлеме;

талабанның перзенти ямаса ақлығының мәмлекетлик ЖООда төлемли-коньтракт тийкарында оқып атырғанын тастыйықлаўшы мағлыўматнама, сондай-ақ, тийисли шәртнаманың нусқасы;

Талабанның оқыўшыға туўысқанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет.

Арза бериў мүддетлери

Арзаларды қабыллаў 1-сентябрьден санитариялық тазалаў кәрханалары ҳәм абаданластырыў басқармаларында басланады.

Ҳүжжетлер 1-октябрьге шекем қабыл етиледи.

Усынылған мағлыўматлардың дурыслығы ҳәм исенимлилиги ушын ҳүжжетлерди усынған шөлкемниң басшысы жуўапкер болады.

Шөлкемлер талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлардың толықлығы, анықлығы ҳәм исенимлилигин тәмийинлеўи, белгиленген тәртипте ҳүжжетлерди усыныўы зәрүр.