Кейинги күнлерде мәмлекетимизде температура инверциясы менен байланыслы қолайсыз метеорологиялық шараятлар себепли ҳаўа сапасының төменлеўи бақланбақта. Жағдай бойынша Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети баслығының орынбасары Искандар Қутбиддинов мәлимлеме берди.

Айырым жағдайларда күндизги ҳәм кешки ҳаўа температурасының кескин парқы 14 градусқа шекем болыўы, думан, самал тезлигиниң пәсейиўи атмосфера ҳаўасында патасландырыўшы элементлердиң тарқалыўын қыйынластырмақта.

Атап өтилиўинше, Арнаўлы комиссия өз жумысын тоқтатқан жоқ. Халықты экологиялық жағдайдан турақлы хабардар етип барыў менен бирге, тийисли шөлкемлердиң жумысын муўапықластырып барады.

Ҳәзирги ўақытта Арнаўлы комиссияның итибары санаат ҳәм хожалық объектлеринде экологиялық рейдлер ҳәм қадағалаў илажларын өткериўге қаратылған.

Қолайсыз ҳаўа-райы шараятында атмосфера ҳаўасына түсетуғын антропоген (яғный инсан искерлиги) жүклемени азайтыў мақсетинде кәрханалардың қуўатлылығы шекленип, айырымларының жумысы тоқтатылмақта.

Усы жылдың 1-7-январь күнлери Ташкент қаласындағы 12, Ташкент ўәлаятындағы 22 өндирис кәрханасында тексериў жумыслары өткерилип, тәсиршең илажлар көрилди. Атмосфера ҳаўасын патасландырып атырған онлаған автотранспорт қуралларына ҳәкимшилик илажлар қолланылды.

Соның менен бирге, профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта: шығындылар дереклериниң мониторинги күшейтилди, атмосфера ҳаўасының сапасы жедел баҳаланбақта.

Қәнигелердиң таллаўына бола, қолайсыз метеорологиялық шараятлар 16-17-январьға шекем даўам етеди. Жаўын-шашын ҳәм самал тезлигиниң артыўы нәтийжесинде антициклонлар басланыўы нәтийжесинде атмосфера ҳаўасы сапасының нормалластырылыўы күтилмекте.

Температура инверциясы - бул қысқа мүддетли ҳәм алдыннан айтып бериў мүмкин болған метеорологиялық ҳәдийсе болып, оның даўамында мәмлекетлик шөлкемлер күшейтилген режимде жумыс алып барады ҳәм патасланыўды жумсартыў бойынша сынақтан өткен илажларды әмелге асырады.

Экологиялық рейдлер ҳәм мониторинг илажлары инверсия жуўмақланғаннан соң арнаўлы комиссия тәрепинен даўам еттириледи. Көрилип атырған барлық илажлар жүзеге келген қәўип-қәтерлерди азайтыў ҳәм халықтың экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған.

Барлық илажлар илимий тийкарланған усынысларға қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырылмақта.